jqtm
Yuklanmoqda...

Миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик – аўызбиршилик факторы

Германияның «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit (GIZ) GmbH» компаниясы тәрепинен «Орайлық Азияда зорлық экстремизминиң алдын алыў» жойбары бойынша Нөкис қаласының «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқаралар қатнасында семинар-тренинг өткерилди.

Семинар даўамында қатнасыўшыларға жойбар, оның шеңберинде жумыссыз пуқараларға жаратылған шараятлар, оларды қайта заманагөй кәсип өнерлерге таярлаў, бийпул берилетуғын ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемлер ҳаққында мағлыўмат берилди. Соның менен бирге, адам саўдасы келип шығып атырған жағдайлар, жәмийетте ушырасып атырған мысаллар менен түсиндирилип, қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди. Оның әмелий бөлиминде жыйналғанлардың адам саўдасының алдын алыў бойынша усыныслары тыңланды:

– «Бунда биринши нәўбетте мәмлекет жетерли ҳәм мүнәсип айлық пенен тәмийинлеў керек.  Оннан тысқары, түрли психологиялық жәрдем көрсетиўши орайларды шөлкемлестириўи керек. Қымбат психологлардың мәсләҳәтлерин алыўға ҳәммениң бирдей қурбы жетпейди. Ҳуқықый саўатқанлығын асырыў ҳәм бунда ғалаба хабар қуралларынан үнемли пайдаланыўда адам саўдасының алдын алыўға өзиниң сезилерли үлесин қосады», – дейди семинар қатнасыўшысы Н.Сейдабуллаева.

Тренерлер тәрепинен интернеттен дурыс пайдаланыў, оның пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери қатнасыўшылардың пирикин интерактив усыллар менен үйренген ҳалда түсиндирилди. «Биз-өзгешемиз, бирақ биргемиз – бул бизиң күшимиз» атамасында да диний кеңпейиллик, миллетлер аралық татыўлық мәселелериндеги баянат жыйналғанларда қызығыўшылық оятты. Дүнья мәмлекетлеринде диний келиспеўшилик нәтийжесинде жүз берип атырған ўақыялар тийкарында орай психологи Ш.Асанова тәрепинен жуўаплар берилди.

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайы тәрепинен қаладағы мәкан пуқаралар жыйынларында өткериў режелестирилген. Семинар орай тәрепинен тарқатпа материаллар менен естелик саўғалары тарқатылды.

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими