jqtm
Yuklanmoqda...

Биз-өзгешемиз, бирақ биргемиз – бул бизиң күшимиз

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Нөкис қаласындағы «Өрнек» МПЖдағы жасаўшы жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж «Ҳаяллар» ҳәм «Жаслар» дәптерине киргизилген пуқаралар қатнасында семинар-тренинг өткерилди. Бул тәдбир Германияның «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit (GIZ) GmbH» компанияси «Мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийети менен биргеликте билимлендириў, диалог ҳәм халықтың әззи топарларының радикализацияға турақлылығын арттырыў арқалы Өзбекстанда зорлық экстремизминиң алдын алыўға көмеклесиў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.

Семинар жойбар ҳаққында пуқараларға жәмийетте өз орнын табыў, өз-өзин жумыс пенен тәмийинлеў, кәсип-өнерге орай тәрепинен оқытыў, оқыў курслары түрлери, бизнес планларын әмелге асырыўда қаржылай жәрдем көрсетилиў тәртиби ма­ғлыўмат бериў менен басланды. «Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайы тренери Б.Нурманов тәрепинен адам саўдасы, оны келтирип шығарып атырған жағдайлар, нызам шеңберинде жумысқа адам жаллаў, транспортация, мийнет эксплуатациясы, жумыссыз инсанларды манипуляция етиў ҳаққында түсиник берилди. Қатнасыўшылар да бул бойынша пикирлерин топарларға бөлинип, плакатларға сәўлелендирди.

Сырт елге жумысқа кетиў көпшиликке қызықлы. Нызам шеңберинде жумыс ислеў жоллары, шәртнама дүзиўде әҳемийет қаратыў керек болған бәнтлер, шәртлери менен танысыў ҳәм басқа да адам саўдасының қурбанына айланып қалыўдың алдын алыў бойынша билимимди байыттым. Қызыққан сораўларыма жуўаплар алдым. Бул семинар мен ушын оғада пайдалы болды, – дейди семинар қатнасыўшысы.

Жойбар тренери Н.Атамуратованың интернеттен пайдаланыўдың зыянлы ҳәм пайдалы тәреплери ҳаққындағы баянаты қатнасыўшыларда қызығыўшылық оятып, интерактив усыллар арқалы олардың түсиниклери үйренилди. Сондай-ақ, диний кеңпейиллик, миллетлер аралық татыўлық мәселелеринде «Биз-өзгешемиз, бирақ биргемиз – бул бизиң күшимиз» атамасында да баянат исленди ҳәм дүнья мәмлекетлеринде диний келиспеўшилик нәтийжесинде жүз берип атырған ўақыялар тийкарында сергекликке шақырылды.

«Бул жойбар арқалы Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларына кирип барыўды, олардағы жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға бийпул ҳуқықый ҳәм психологиялық жақтан жәрдем көрсетиўди мақсет еткенбиз. Жойбар шеңберинде пуқаралар қызығыўшылығына қарай кәсип-өнерге оқытпақтамыз. Гранд тийкаринда берилип атырған бундай мүмкиншилик пуқаралардың өмирин пәраўан етиўге өз үлесин қосады деген ойдамыз» – дейди орай психологы Ш.Асанова.

«Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайынан бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыў, орай тәрепинен кәсипке бийпул өқытыў тәртиби бойынша пикир алмасылды ҳәм естелик саўғалары тарқатылды.

«Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық

орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими