Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшылары менен «DVV International Uzbekistan» мәмлекетлик емес шөлкеми Германияның «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit (GIZ) GmbH» компаниясы менен биргеликте «Өзбекстанда мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийети менен биргеликте билимлендириў, өз-ара сәўбетлесиў ҳәм әззи топарлардың жат пикирлер менен санаспаў турақлылығын арттырыў арқалы зорлық экстремизмниң алдын алыўға көмеклесиў» темасында оқыў-семинар өткерилди.
Семинарда сырт еллерге жумыс ислеўге ямаса оқыўға кетиў, бул бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, адам саўдасының алдын алыў илажлары, оны келтирип шығаратуғын факторлар ҳәм жүз берген жағдайлар бойынша мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, интернеттен нәтийжели пайдаланыў, оның пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери, миллетлер, динлераралық татыўлық мәселелеринде пикир алысыўлар болды.
- Оқыў ушын Россия Федерациясына бармақшыман. Бүгинги семинар мен ушын пайдалы болды. Университетлерди таңлаў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў процесинде жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалы жағдайлар ҳаққында толық мағлыўмат және өзимди қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўап алдым. Сондай-ақ, семинарда «Истиқболли авлод» Республика социаллық мәлимлеме орайының жумысы, волонтёрлық, оның пайдалы тәреплери бойынша да түсиниклерге ийе болдым,-дейди семинар қатнасыўшысы С.Мақсетова.
Семинарда қатнасыўшыларға орай тәрепинен бийпул усыныс етилетуғын психологиялық ҳәм юридикалық хызметлерден пайдаланыўы ушын тарқатпа материаллар ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.