jqtm
Yuklanmoqda...

Германияның «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit GmbH» компаниясы қәўндерлигиндеги жойбар шеңберинде семинар өткерилди

Нөкис қаласының «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқаралар қатнасында «Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайы тәрепинен «Мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийети менен биргеликте билимлендириў, диалог ҳәм халықтың әззи топарларының радикализацияға турақлылығын арттырыў арқалы Өзбекстанда зорлық экстремизминиң алдын алыўға көмеклесиў» жойбары усындай пуқараларды жәмийетте өз орнын табыў, олардың түрли ағымларға қосылып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде семинар-тренинг өткерилди.

Германияның «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit (GIZ) GmbH» компаниясы  қәўндерлигиндеги жойбар шеңберинде өткерилип, семинарда жумыссыз пуқараларға жаратылған шараятлар, оларды қайта заманагөй кәсип өнерлерге таярлаў, бийпул берилетуғын ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемлер ҳаққында мағлыўмат берилди.

– «Нызам менен қадаған етилген шөлкемлерге, диний экстрамизм, терроримиз сыяқлы жәмийетге жат иллетлерге қосылыў  жағдайлары түрли жасдағы пуқаралар менен ушыраспақта. Оның қурбанына айланып қалыў жағдайлары толық түсиникке ийе болмаў, жумыссызлық себебли жетиспеўшиликтиң пайда болыўы, бос ўақытларының коп екенинен келип шығады. Бул жойбар усындай жағдайларыдың алдын алыў мақсетинде Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынында жаслар, ҳаял-қызларға өз-өзин жумыс менен тәмийинлеў, кәсипге бағдарлаў, заманагөй кәсиплерды ийелеўге әмелий жәрдем бериўге ҳәрекет етеди.» – дейди жойбар кординаторы жәрдемшиси А.Абдикаримова.

Семинар даўамында жыйналғанларға адам саўдасы, оны келтирип шығарып атырған жағдайлар, нызам шеңберинде жумысқа адам жаллаў, транспортация, мийнет эксплуатациясы, жумыссыз инсанларды манипуляция етиў ҳаққында түсиник берилди. Қатнасыўшылар да бул бойынша пикирлерин топарларға бөлинип, плакатларға сәўлелендирди.

Жойбар тренери Н.Атамуратованың интернеттен пайдаланыўдың зыянлы ҳәм пайдалы тәреплери ҳаққындағы баянаты қатнасыўшыларда қызығыўшылық оятып, интерактив усыллар арқалы олардың түсиниклери үйренилди. Сондай-ақ, диний кеңпейиллик, миллетлер аралық татыўлық мәселелеринде «Биз-өзгешемиз, бирақ биргемиз – бул бизиң күшимиз» атамасында да баянат исленди ҳәм дүнья мәмлекетлеринде диний келиспеўшилик нәтийжесинде жүз берип атырған ўақыялар тийкарында сергекликке шақырылды. Семинар қатнасыўшыларының сораўларына миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик, диний келиспеўшилик нәтийжесинде жүз берип атырған ўақыялар тийкарында орай психологи Ш.Асанова тәрепинен жуўаплар берилди.

 «Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайы

Қарақалпақстан Республикасы бөлими